ЮНЕСКО Қарақалпақ мийрасы ҳаққында ҳүжжетли фильм ислеп шықты

Қарақалпақ халқының бай мәдений ҳәм руҳхый мийрасын қәстерлеп-сақлаў ҳәм оны келешек әўладларға жеткериў мақсетинде әмелий жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қарақалпақ миллий саз әсбабы болған қобызды ҳәм жыраўшылық өнерин ЮНЕСКОның Жәҳән мәдений мийрасы дизимине киргизиў бойынша тапсырма берилген еди. Бүгинги күнде усы тапсырманы орынлаў шеңберинде бир қатар халықаралық әҳмийетке ийе жойбарлар әмелге асырылмақта.
Мәдений мийрасты сақлаў ҳәм оның әҳмийетин дүнья жәмийетшилигине жеткериў мақсетинде ЮНЕСКО халықаралық шөлкеми тәрепинен арнаўлы ҳүжжетли фильм ислеп шығылды. Бул фильмде Қарақалпақстан мәдений мийрасының ажыралмас бөлеги болған қобыз ҳәм жыраўшылық өнерине тийисли әҳмийетли мағлыўматлар сәўлеленген. Бул ҳүжжетли фильм тек миллий мәдениятты сәўлелендирип қоймастан, ал оны халықаралық көлемде ен жайдырыўға қаратылған әҳмийетли қәдемлерден бири есапланады.
Қобыз – Қарақалпақ халқының өзине тән миллий саз әсбабы болып, ол әсирлер даўамында халықтың аўыз-еки дөретиўшилиги, тарийхый ўақыялар ҳәм миллий өзликти үгит-нәсиятлайтуғын қурал сыпатында хызмет етип келген. Жыраўшылық өнери болса тек музықалық атқарыў емес, ал тарийхый ўақыя ҳәм дәстанларды қәстерлеп-сақлаў ҳәм келешек әўладларға жеткериўдиң әҳмийетли қуралы болып табылады.
ЮНЕСКО тәрепинен таярланған бул ҳүжжетли фильм көркем өнер түрлериниң әҳмийетин халықаралық көлемде танытыў ҳәм оларды келешек әўладларға жеткериўде әҳмийетли рол атқарады. Фильмде жыраўшылық дәстүрлери, қобыздың өзгешелиги ҳәм оның халық өмиринде тутқан орны ҳаққында толық мағлыўматлар келтирилген. Бул фильм тек Қарақалпақстанда емес, ал пүткил дүньяда миллий мәдений байлықларымызды танытыўға хызмет етеди.
ЮНЕСКО тәрепинен әмелге асырылған бул баслама Қарақалпақ миллий мәдениятын дүньяға танытыўда әҳмийетли орын ийелейди. Бул арқалы миллий мийрасымыз тек сақланып қоймастан, ал келешек әўладларға беккем байланыслар тийкарында жеткериледи.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы