Меккеде Қуран музейи ашылды

502

Мекке қаласының Ҳиро аймағында жергиликли халық ҳәм зыяратшылардың диний, мәдений билими ҳәм тәжирийбесин арттырыў мақсетинде Қураны Кәрим музейи иске түсирилди.

Баҳрейн мәлимлеме агентлигиниң хабар бериўинше, Мекке қаласы ҳәм муқаддес зыярат орынлары бойынша Патшалық комиссиясы басшылығының жәрдеминде шөлкемлестирилген бул орын ең заманагөй технологиялардан пайдаланып қурылған.

Комплекске келиўшилер бийбаҳа қолжазбалар топламы, Қуранның тарийхый көширмелери, сондай-ақ, усы муқаддес китаптың әсирлер даўамында сақланып қалыў процеси сәўлелендирилген интер белсенди көргизбени тамаша етиўи мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги