Әзиз ҳаял-қызларға арналған байрам нәпеси

159


Елликқала районындағы саўлатлы «Дийдар» салтанатлар комплексинде районның белсенди ҳәм пидайы ҳаял-қызлары ушын дастурхан жайылып салтанатлы байрам кешеси шөлкемлестирилди.

Илажда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик жумысларда, дөретиўшилик ҳәм түрли тараўларда пидәкерлик пенен мийнет етип атырған ҳаял-қызлар, ҳүрметли аналар қатнасты.

Байрам илажын район ҳәкими В.Ниязимбетов ашып, жәмийетимиздиң сүйениши болған ҳүрметли аналар ҳәм әзиз ҳаял-қызларды 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы менен қызғын қутлықлап, оларға жақсы тилеклерди билдирди.

Район ҳәкими салтанат қатнасыўшыларын қызғын қутлықлап, олардың тымсалында бүгинги күнде жәмийетимиздиң түрли тараўларында – мәмлекетлик хызметлерде, исбилерменликте, билимлендириўде, перзент тәрбиясында пидайылық көрсетип киятырған барлық ҳаял-қызларға терең ҳүрметин билдирди.

Илаж даўамында елимизде әзиз аналарымыз, қәдирли апа-қарындасларымыздың абадан турмыста жасаўы ушын әмелге асырылып атырған реформалар, олардың ҳәр бир шаңарақ ҳәм инсан өмирине унамлы тәсири айырықша атап өтилди. Белсендилиги, интакерлиги ҳәм пидәкерлик мийнети менен ажыралып турған ҳаял-қызларға естелик саўғалары тапсырылды.

Байрам нәпеси Қарақалпақстан Республикасы үлгили мақам ансамблиниң қосықшылары ҳәм көркем өнер шеберлериниң қосықлары, аяқ-ойынлары менен және де өзгеше болды. Бул байрам кешеси ҳаял-қызларға ҳүрмет ҳәм иззет сыпатында көтериңки руўхта өткерилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги