Өзбекстан азық-аўқат ең арзан мәмлекетлер рейтингинде 18-орынды ийеледи

Өзбекстан 2025-жылдың басында азық-аўқат баҳаларының индекси бойынша дүньяда 139 мәмлекет арасында 18-орынды ийеледи. Статистикаға бола, мәмлекетимиз ушын индекс 26,6 ға тең, яғный азық-аўқатлар өнимлериниң баҳасы Нью-Йорктағыдан орташа 73,4 процентке арзан.
Бул индекс Нью-Йорктағы баҳаларды 100 процент деп алған ҳалда, ҳәр қыйлы мәмлекетлердеги тутыныў себетшеси салыстырмалы баҳасын сәўлелендиреди. Нәтийже қанша төмен болса, бул мәмлекетте өнимлер соншелли арзан болады.
Рейтингтиң биринши (арзан) басқышын сәйкес түрде Пакистан, Аўғанстан, Египет, Иран ҳәм Мадагаскар ийелеген. Индекси ең жоқары (қымбат) болған мәмлекетлер болса Виржиния атаўлары, Швейцария ҳәм Исландия.
ҒМДА мәмлекетлери арасында Қазақстан, Қырғызстан, Әзербайжан, Молдова ҳәм Арменияда өнимлер Өзбекстанға қарағанда қымбатырақ. Беларусьия ҳәм Украинада болса оның кериси.
Қарақалпақстан хабар агентлиги