Өзбекстан Республикасы Президенти жаңадан тайынланған  сырт елли елшилерден исеним жарлықларын қабыл етип алды

262

Мәмлекетимиз басшысы дипломатиялық ўәкилханалардың басшыларын Жаңа Өзбекстандағы мақтанышлы миссиясы басланғаны менен шын жүректен қутлықлады.

Дүньяда қарама-қарсылықлар кескинлесип, геосиясий бәсеки күшейип атырған ҳәзирги дәўирде дос мәмлекетлердиң бирин-бири қоллап-қуўатлаўы ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли екени атап өтилди.

Бундай шараятта Өзбекстан өзиниң ашық ҳәм прагматик сыртқы сиясаты менен өз-ара ҳүрмет ҳәм дослықты беккемлеп, дүньяның барлық регионларындағы мәмлекетлер, халықаралық шөлкемлер ҳәм глобал қаржы институтлары менен әмелий шерикликти раўажландырмақта.

Президентимиз улыўма сиясий ерк-ықрар себепли Орайлық Азия жақын қоңсышылық, исеним ҳәи интеграция регионына айланып атырғанын айрықша атап өтти.

Быйыл Өзбекстан Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўларына басшылық етпекте ҳәм Ташкент қаласында болып өтетуғын тарийхый саммитке таярлық көрмекте.

Жүз берип атырған жедел өзгерислердиң нәтийжесинде регионымызға қызығыўшылық барған сайын артып, «Орайлық Азия плюс» сөйлесиў майданы кеңейип атырғаны атап өтилди.

Усы жылдың апрель айында елимизде «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» биринши саммити, май айында болса «Орайлық Азия – Араб қолтығы еллери» форматындағы екинши ушырасыў болып өтеди.

Кейинги жылларда Өзбекстанның басламасы менен Бирлескен Миллетлер Шөлкеми шеңберинде 11 резолюция қабыл етилгени айрықша атап өтилди.

Быйыл елимизде Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясы ҳәм Юнеско Бас конференциясының 43-сессиясының өткерилиўи, 2027-жылы Өзбекстан Қосылмаў ҳәрекетине (Бийтәреп) басшылық етиўи де мәмлекетимиздиң халықаралық масштабтағы абырайы барған сайын артып атырғанын дәлиллейди.

Өткен жылы тартылған  сырт ел инвестицияларының көлеми 35 миллиард долларды қурап, экспорт 27 миллиард доллардан асқан. Жаңа инновациялық форматта өткерилетуғын Ташкент инвестициялық форумына таярлық көрилмекте.

Реформаларымыздан гөзленген тийкарғы мақсет – ҳәр бир инсанның мәплерин тәмийинлеў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыў, «келешек экономикасы» ҳәм алдыңғы инфраструктураны жаратыў, тартымлы инвестиция ҳәм исбилерменлик орталығын тәмийинлеўден ибарат. «Өзбекстан – 2030» стратегиясы шеңберинде белгилеп алған үлкен мақсет ҳәм режелеримизди әмелге асырыў ушын бизде жеткиликли потенциал ҳәм имканиятлар, ең әҳмийетлиси, күшли умтылыс ҳәм сиясий ерк-ықрар бар, – деди Шавкат Мирзиёев.

Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўын қоллап-қуўатлағаны ушын дипломатиялық миссиялар басшылары ўәкиллик етип атырған мәмлекетлердиң ҳүкиметлерине миннетдаршылық билдирилди.

Мәмлекетимиз басшысы Египет Араб Республикасы елшисине мүрәжат етер екен, бул мәмлекет Өзбекстанның Жақын Шығыстағы исенимли шериги екенин атап өтти.

Сийсий мәсләҳәтлесиўлер турақлы түрде өткерилмекте. Өткен жылы Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси, 3 ири бизнес форум табыслы өткерилди. Еки мәмлекет жетекши компанияларының кооперациясы кеңейтилмекте.

Египет Президенти Абдулфаттоҳ ас-Сисидиң елимизге сапары еки тәреплеме қатнасықларда жаңа дәўирди баслаўда әҳмийетли қәдем болатуғыны атап өтилди.

Египеттиң жетекши шөлкемлери ҳәм компанияларының қатнасыўында энергетика, химия, аўыл хожалығы, геология, туризм, тоқымашылық ҳәм басқа да тармақларда биргеликтеги бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыўдың перспективалары атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы Араб мәмлекетлери лигасының жақында өткен саммитинде Газоны тиклеў режесин қабыл етиў басламасын жоқары баҳалады.

Өзбекстан жетекшиси Италия үлкен сиясий ҳәм экономикалық потенциалға ийе әҳмийетли стратегиялық шерик екенин атап өтти.

Бүгинги күнде Италия компаниялары менен «жасыл» энергетика, химия, машина қурылысы, жеңил санаат, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў, фармацевтика, билимлендириў ҳәм туризм тараўларында ири жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта.

Сыртқы ислер министрлигиниң «Италия – Орайлық Азия» форматындағы сөйлесиўи даўам етпекте. Турин политехника ҳәм Пиза университетлериниң Ташкент қаласындағы филиалы нәтийжели жумыс алып бармақта.

Өткен жылы биринши мәрте жетекши жоқары оқыў  орынлары форумы өткерилди. Жақында Рим ҳәм Виарежио қалаларында Өзбекстан мәденияты күнлери болып өтти.

Жақын күнлерде Ҳүкиметлераралық жумысшы топар мәжилиси ҳәм бизнес форумы, Ломбардия губернаторының  Өзбекстанға сапары ҳәм Аймақлар кеңеси болып өтеди. Буннан тысқары, биргеликтеги инвестициялық қорды шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Италия Бас министирниң елимизге жуўап сапарын шөлкемлестирў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленди.

Қырғызстан Өзбекстанның жақын қоңсысы ҳәм стретегиялық шериги болып табылады.

Кейинги жылларда товар алмасыў көлеми 4 есеге артты, биргеликтеги кәрханалардың саны 300 ге жетти. Аймақларда автомобиль заводы, тоқымашылық фабрикалары, медицина орайлары, агрокластерлер иске түсти.

Өткен жыл декабрь айында «Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан» темир жолы қурылысының басланғаны әҳмийетли тарийхый ўақыя болды.

Усы айда Хожанд қаласында Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан жетекшилериниң қатнасыўында үш тәреплеме саммит болып өтеди.

Ҳүкиметлераралық ҳәм парламентлераралық комиссиялар, Аймақлараралық форум ҳәм Исбилерменлер кеңесиниң жумыс нәтийжелилигин тәмийинлеў зәрүрлиги атап өтилди.

Кейинги жылларда Өзбекстан – Беларусь бирге ислесиўи сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилди.

Өткен жылы февраль айында Беларусь Президенти Александр Лукашенконың елимизге рәсмий сапары көп тәреплеме шерикликти кеңейтиўге қосымша пәт бағышлады.

Товар алмасыў көлеми басқышпа-басқыш артып бармақта, биргеликтеги кәрханлардың саны 240 қа жетти. Жақын күнлерде сиясий мәсләҳәтлесиўлер, Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси ҳәм исбилерменлик илажлары болып өтеди.

Мәмлекетимиз басшысы аўыл хожалығы, электротехника, жеңил санаат, денсаўлықты сақлаў, қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы тараўларында кооперацияны күшейтиў зәрүрлигине айрықша итибар қаратты.

Аймақлараралық  медицина ҳәм билимлендириў форумларын нәтийжели өткериўдиң зәрүрлиги атап өтилди.

Өзбекстан Президенти Грузия Қубла Кавказдағы исенимли шеригимиз екенин атап өтти.

Өткен жылы товар алмасыў 50 процентке артты. Жүк тасыўдың көлеми артпақта, банк тараўындағы бирге ислесиў беккмленбекте.

Ҳүкиметлер ҳәм парламентлер дәрежесиндеги байланыслар жеделлести,  мәдений ҳәм туризм алмасыўлары кеңеймекте.

Грузия Бас министри Ираклий Кобахидзениң күни кеше Өзбекстанға әмелге асырған рәсмий сапарының жуўмақлары еки тәреплеме қатнасықлардың раўажланыўында жаңа басқыш болатуғынына исеним билдирилди.

Товар алмасыўды буннан былай да арттырыў, логистика ҳәм транзит, туризм, фармацевтика аўыл хожалығы ҳәм тоқымашылық тараўларында кооперацияны күшейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Быйыл аймақлардың бизнес форумы, миллий өнимлердиң ярмаркасы, мәденият күнлерин өткериў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы Түркия елшисине мүрәжат етип, жедел сиясий сөйлесиў еки тәреплеме қатнасықлар кең көлемли стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгенин атап өтти.

Өткен жылы товар алмасыў 3 миллиард долларға, өзлестирилген инвестициялардың көлеми 2 миллиард долларға, биргеликтеги кәрханалардың саны 2 мыңға жетти. Түркияның жетекши компаниялары менен экономиканың әҳмийетли тармақларында ири кооперациялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Ташкентте Түркий мәмлекетлер халықаралық университети шөлкемлестирилмекте.

Жаңа перспективалы жойбарлар ҳәм анық жойбарларды алға қойыў мақсетинде быйыл Өзбекстанда жоқары дәрежедеги Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң гезектеги мәжилисин шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәресим жуўмағында мәмлекетимиз басшысы жаңадан тайынланған елшилерге мақтанышлы ҳәм жуўапкершиликли жумысында үлкен табыслар тиледи, шерикликти беккемлеў ушын қолда бар барлық имканиятлардан нәтийжели пайдаланыўға шақырды, аймақлар ҳәм жеке меншик бизнес ўәкиллери менен жедел бирге ислесиўди усыныс етти.

Өз гезегинде, дипломатлар шын жүректен қабыллағаны ҳәм нәтийжели жумысы ушын жаратылған шараятларға миннетдаршылық билдирип, Өзбекстан менен көп тәреплеме бирге ислесиўди жедел алға қойыў жолында өзлериниң пүткил профессионал тәжирийбеси ҳәм билиминен пайдаланыўға таяр екенлигин атап өтти.

ӨзА