«HIGER» компаниясының ўәкиллери Қарақалпақстанға келди

271

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министри П.Каипбеков ҳәм министр орынбасары Б.Юсупов Қытай мәмлекетиниң «HIGER» автобус компаниясы ўәкиллери менен ушырасты.

Ушырасыў даўамында бирге ислесиўдеги шерикликти кеңейтиў, жәмийетлик транспорт системасына инвестиция киргизиў мәселелери көрип шығылды.

Сондай-ақ, «HIGER» автобус компаниясының ўәкиллери де өзлеринде ислеп шығарылған автобуслар бойынша айтып өтти.

Соны айтып өтиўимиз керек, Higer Bus Company Limited — Қытайдың қалалық ҳәм туристлик автобусларды ислеп шығарыўшы компаниясы болып, Scania Швецияның компаниясы менен тығыз бирге ислеседи ҳәм компания автобуслары швед кәнигелери тәрепинен қадағаланып барылады.

Қытайша Хайгэ Кэчыэ атамасы, автобуслар теңизине саяхат дегенди аңлатады.

– Мағлыўмат сыпатында айтатуғын болсақ, бүгинги күни бул компания дүньяның 100ден аслам еллерине өз өнимлерин экспорт етпекте ҳәм бизиң республикамыздың да шараятлары менен таныспақта,-дейди министрликтиң қәнигеси Заҳийда Қалжанова.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы