Мәмлекетлик ипотека кредитиниң проценти төменледи

332

Президент Пәрманы менен Ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясының қаржылары тийкарында ажыратылып атырған ипотека кредитлериниң процент ставкалары түсирилди.

Енди, усы кредиттиң процент ставкасы – Орайлық Банктиң тийкарғы ставкасы + 6 процент етип белгиленди (бурын тийкарғы ставка +8 процент еди). Бүгинги күнде бул 19,5 процентке тең болады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги