ЖДСШ: 2,5 миллиардқа шамалас жаслар еситиў қәбилетин жоғалтыўы мүмкин

Ҳәдден тыс жоқары даўыс қулақты еситпей қалыўға алып келиўи мүмкин. Әне, сондай, музыка тыңлаўда да өлшемли децибел көрсеткишлери бар.
Бирақ көпшилик жаслар бул усынысларға дерлик әмел етип атырғаны жоқ. Сол себепли ҳәзир планетамыз бойынша 1 миллиардтан аслам жигит-қызлар еситиў қәбилетин жойытыў қәўпи астында.
Атап айтқанда, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң Россиядағы ўәкили Б.Бердикличевтиң баянатына бола, 2050-жылға барып, 2,5 миллиардқа шамалас жаслар белгили дәрежеде еситиў қәбилетинен қыйналыўы мүмкин.
Сондай-ақ, және 700 миллион адам киши реабилитацияға мүтәж болыўы болжанбақта.
ЖДСШ ўәкилиниң пикиринше, еситиў қәбилетиниң бузылыўы менен байланыслы кеселликлердиң 60 проценттен артығын басланғыш басқышта емлеў имканияты бар. Ең нәтийжели илаж болса наўқаслықтың алдын алыў болып есапланады.
ӨзА