Напақа алыўшылардың саны 712 мың 618ге жетти

Мәмлекетимиздеги тәртипке бола, кем тәмийинленген шаңарақтағы перзентке Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен напақа ҳәм материаллық жәрдем тайынланыўы белгилеп қойылған.
2025-жыл 1-март жағдайына пенсия тайынлаў ушын мийнет стажына ийе болмаған напақа алыўшылардың саны 712 мың 618ди қурап, усы жылдың басына салыстырғанда 15 мың 465ге көбейген.
Майыплық напақасын алыўшылар – 315 мың 12 пуқара, басқалардың күтимине мүтәж напақасын алыўшылар – 75 мың 390, жасқа байланыслы напақа алыўшылар – 86 мың 482, бағыўшысын жойытқаны ушын напақасын алыўшылар – 56 мың 805 адамнан ибарат.
Сондай-ақ, майыплығы болған 18 жасқа шекемги балалар напақасын алыўшылар – 171 мың 380, басқалардың күтимине мүтәж болған жалғыз кекселер ҳәм басқалардың қараўына мүтәж жалғыз майыплығы болған шахсларға материаллық жәрдем алыўшылар – 7 мың 549ды қурайды.
Майыплығы болған 18 жасқа шекемги балалар напақасын алыўшылар – 171 мың 380, майыплық напақасын алыўшылар – 315 мың 12 ҳәм күтимге алынатуғын напақа алыўшылар – 75 мың 390 екени белгили болған.
Муҳайё Тошқораева,
ӨзА