Басқарма баслығы кубоги: ең күшлилер жеңимпаз болды

8-март – «Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы» күни мүнәсибети менен Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының басламасы менен «Инсан» социаллық хызметлер орайы ҳәм Басқармаға қараслы мәкеме ҳәм шөлкемлерде ислеўши ҳаял-қызлар арасында «Басқарма баслығы кубоги» спорт жарысы шөлкемлестирилди.

Дәслеп спорт жарысының салтанатлы ашылыў мәресими болып, онда Басқарма баслығы С.Данияров шығып сөйледи ҳәм барлық қатнасыўшыларды киятырған байрам мүнәсибети менен қутлықлап, оларға әўмет тиледи.
Жарыста 250 ден аслам хызметкерлер қатнасты. Бул илаж ҳаял-қызлар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў ҳәм олардың спортқа болған қызығыўшылығын және де арттырыў мақсетинде өткерилди.

Қызғын беллесиўлер менен өткерилген жарыс жуўмағында биринши орынды Нөкис қаласы «Инсан» социаллық хызметлер орайы ийеледи. Сондай-ақ, Хожели районы 3-санлы қәнигелестирилген мектеп-интернаты командасы екинши, Шымбай районы 24-санлы көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми командасы үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом, естелик саўғалары ҳәм Басқарма баслығы кубоги менен сыйлықланды.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы