АҚШта мультимиллионер болған қарақалпақстанлы ким?

Қарақалпақ тәбийий пәнлер илимий-изертлеў институтының бас илимий хызметкери, академик Нағмет Айымбетовтың шәкирти Қанат Бектемиров Америка Қурама штатларында мультимиллионерге айланды.
Өзбекстан Илимлер академиясы мәлимлеме хызметиниң мағлыўматына бола, Қанат Бектемиров жаратқан кәрханалар пул жумсалыўының алдын алыўшы ҳәм жеткерип бериўди автоматластырыўшы – “Supplypike” программалық тәмийнаты өткен жылдың август айында АҚШтағы “SPS Commerce” компаниясы тәрепинен 206 млн. долларға сатып алынған.
Мағлыўмат ушын: Қанат Бектемировтиң әкеси Қуўат Бектемиров та 2008-жылы профессор Н. Айымбетовтың илимий басшылығында «Аймақтың экологиялық ҳәм глобаллық жақтан раўажланыўын тәмийинлеў (Қарақалпақстан Республикасы мысалында)» темасында диссертация жумысын табыслы жуўмақлап, экономика илимлери докторы илимий дәрежесин алған еди,-деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги