Онлайн кредит рәсмийлестириў менен байланыслы алдаўшылық жағдайларының алды алынбақта
293

Орайлық банк тәрепинен алдаўшылық жағдайларын сапластырыў мақсетинде физикалық тәреплерге онлайн кредит (микроқарыз) ажыратыўда кредит шөлкемлери 2024-жыл 1-ноябрьден – 2025-жылдың 1-апрелине шекем әмел ететуғын ўақытша тәртип белгиленген.
Бүгинги күнде ўақытшалық тәртипте белгиленген талапларға муўапық, 11 коммерциялық банк ҳәм 1 микроқаржы шөлкеми мобиль қосымшалар арқалы пуқараларға онлайн кредит ажыратыў жолға қойылған.
2025-жыл январь ҳәм февраль айларында пуқаралар кредит алыўға арзаны алдаўшылардың тәсиринде берип, 48 саат даўамында қосымша тастыйықлаўдан өтпегени ҳәм кредит қаржылары жумсалмағаны себепли жәми 316,1 миллиард сум қаржы кредит шөлкемлериниң есабына қайтарылды.
Ш.Маматуропова,
ӨзА