Жәҳән банкиниң қатнасыўында миллий ирригация системасы жаңаланады

267

Мәмлекетимизде «Миллий ирригация системасын жетилистириў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў жойбары ислеп шығылмақта. Оның улыўма баҳасы 240,5 млн.доллар болып, соннан Жәҳән банкиниң үлеси 200 млн.долларды қурады.

Жойбар 2025-2030-жыллары Қарақалпақстан Республикасы, Наманган, Қашқадәрья, Сурхандәрья ҳәм Бухара ўәлаятларында әмелге асырылады. Бул аймақларда 8 каналды реконструкциялаў нәзерде тутылған. Оның нәтийжесинде 232 мың гектар суўғарылатуғын егислик майданларына суў жеткерип бериў жақсыланады.

Жәҳән банкиниң Аймақлық директоры Самеҳ Ваҳба басшылығындағы банк қәнигелери Өзбекстан Суў хожалығы министрлигинде болып, бул жойбар шеңберинде сөйлесиў алып барды.

Сөйлесиў ўақтында Суў хожалығы министри Шавкат Ҳамраев мәмлекетимиз басшысының басламасы менен тараўда алып барылып атырған реформаларға тоқтап өтти. Каналларды бетонлаў, насос станцияларын модернизациялаў, суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў, тараўды санластырыў, мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў сыяқлы факторлар есабынан жылына 10 млрд.сум әтирапында суўды үнемлеў нәзерде тутылғаны ҳаққында айтып өтти.

Ушырасыўда жойбардың техникалық-экономикалық тийкарларын тастыйықлаў, Жәҳән банки ҳәм Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги арасында инвестициялық бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўға байланыслы мәселелер додаланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги