Халықтың бәнтлиги, инвестиция ҳәм экспорт көрсеткишлери бойынша мәлимлеме берилди

173

Президент Шавкат Мирзиеёв 4-март күни кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, инвестиция ҳәм экспорт көрсеткишлери бойынша есабат пенен танысты.

Жылдың басынан халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жаңа система енгизилген еди. 208 район ҳәм қала ҳәкимлери ҳәм банклердиң басшылары арасында бул бағдарда бирге ислесиў шәртнамаларына қол қойылды. Банк филиалларында мәҳәлле кесиминде ислеў бөлимлери шөлкемлестирилип, оларға «мәҳәлле банкирлери» тайынланды.

Соның нәтийжесинде январь айында 239 мың, февраль айында 480 мың халық дәраматлы мийнетке тартылды. Жылдың басынан киши ҳәм орта бизнеске жәми 14 триллион сум кредит бағдарланды. Соның ишинде, исбилерменлик бағдарламалары шеңберинде 2 триллион сум ажыратылды.

Адамларға дәрамат табыў имканиятлары, таяр бизнес жойбарлары таныстырылып, оларды әмелге асырыў жоллары үйретилмекте. Жумыслы болғанлар салық комитетинде тастыйықланбақта. Жуўапкерлерге жүкленген ўазыйпалардың орынланыўы талланып атыр.

Мәжилисте бул таллаўлар ҳаққында мәлимлеме берилди.

Халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде Жиззақ, Самарқанд, Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятларында ҳәм Өзмиллийбанк, Асакабанк, Микрокредитбанк ҳәм Бизнести раўажландырыў банкиниң жойбарларында жоқары көрсеткишлер атап өтилген.

Бирақ Сырдәрья ўәлаяты, 24 район ҳәм қалада нәтийжелери жоқары емес. Соның ушын ўазыйпалардың орынланыўында немқурайдылыққа жол қойған 30 басшыға шаралар көрилген.

Топланған тәжирийбеден келип шығып, келеси айларда нәтийжелиликти арттырыў, жумыссызларды кәсипке ҳәм пайдалы мийнетке бағдарлаў зәрүр екенлиги атап өтилди. Ҳәзирги бәҳәр мәўсиминде қыйтақ жер ҳәм ижара жерлерде толық егин егиў, оны online-mahalla.uz платформасы арқалы бақлап барыў бойынша көрсетпелер берилди.

Өткен еки айда инвестиция ҳәм экспорт көрсеткишлери де унамлы болды. Жылдың басынан берли 6 миллиард доллардан аслам сырт ел инвестициясы ҳәм кредитлер өзлестирилди. Баҳасы 574 миллион долларлық 1 мың 100 орта ҳәм киши жойбар орынланып, 17 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылды.

2,8 миллиард долларлық товар ҳәм хызметлер экспорт етилди. Әсиресе, зергерлик өнимлериниң экспорты өткен жылға қарағанда 7 есеге, химияда 1,7 мәрте, электротехника ҳәм азық-аўқатта 1,2 есеге, туризм хызметлери 1,6 есеге өскен.

132 кәрханада халықаралық стандартлар енгизилген. 521 кәрхана биринши мәрте сыртқы базарға шығып, тек ғана февраль айында қосымша 183 миллион доллар экспорт еткен.

Мәжилисте айырым тармақ ҳәм аймақларда инвестиция көрсеткишлери төмен болғаны атап өтилип, оның себеплери ҳәм шешимлери додаланды.

Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының орынбасары етип тайынланған Дилмурод Қосимов таныстырылды. Ол исбилерменлер ҳәм инвесторлардың нызамлы ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў тараўындағы қадағалаў ушын жуўапкер болады. Ендигиден былай прокуратура уйымлары бул бағдарда қолайлы орталық жаратыўда әҳмийетли орын ийелейди.

Жуўапкерлер биринши шеректиң жуўмағы менен 8 миллиард доллардан аслам сырт ел инвестициясын өзлестириў режелери, қосымша экспорт имканиятлары бойынша мәлимлеме берди.

ӨзА