Және бир мәселе – мәмлекетлик хызметкерлердиң дәраматын декларациялаўға байланыслы нызамды қабыл етиў ўақыт-сааты келгенин атап өтти. Бул бағдарда жәмийетшиликтиң пикири оғада әҳмийетли екенлигин атап өтти.
320

Жуўапкерлерге тез ўақыт ишинде усы нызам жойбарын жәмийетлик додалаўға қойып, 1-апрельге шекем киргизиў тапсырылды.
Нызамсыз түрде байлық арттырыў ушын жуўапкерлик мәселесин де ойлап көриў керек екенлигин атап өтти.
Нызамшылыққа нызамсыз түрде байлық арттырыў ҳаққында статья киргизиў усыныс етилди. Яғный, мәмлекетлик хызметкер декларацияланған дәраматына сәйкес келетуғын мүлкти қай жерден алғанын дәлиллеў керек болады.
Президентимиз Миллий кеңести, парламенттиң коррупцияға қарсы гүресиў комитетлерин бул бағдарда халықаралық үлгилерге сәйкес усынысларды ислеп шығыўға шақырды.