Мәплердиң соқлығысыўы, қымбат баҳада товар сатып алыў ямаса хызмет көрсетиў тийкарынан мәмлекетлик сатып алыўларда бақланып атырғаны көрсетип өтилди

Улыўма, тиккелей сатып алса да болатуғын 50 ден аслам товар ҳәм хызмет түрлери бар. Бирақ бирде-бир басшы буны дизимнен шығарайық, ҳәмме таңлап алсын, баҳа арзан болады, деген усынысларды билдирмеди.
Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Есап палатасына парламенттиң бюджетке жуўапкер комитетлери менен биргеликте тиккелей сатып алыўларды 2 есеге қысқартыў тапсырылды. Жылдың ақырына шекем жасалма интеллект жәрдеминде мәмлекетлик сатып алыўларда нызамсыз жағдайларды анықлаў ҳәм алдын алыў бойынша электрон системаны иске түсириў ўазыйпасы берилди.
Сондай-ақ, бул бағдарда Экспернт комиссиясы дүзиледи. Бул комиссия алдыңғы тәжирийбе тийкарында мәмлекетлик сатып алыўларда товарлардың орташа базар баҳалары көринип туратуғын электрон платформа жаратып, ондағы мағлыўмат жаңаланып туратуғын система етеди.
Онда мәмлекетлик сатып алыўларда сатып алынатуғын товар ҳәм хызметлердиң баҳасы орташа базар баҳасынан көби менен 20 проценттен аспаўы шәрт. Бул талапты бузғаны ушын нызам менен жуўапкершилик ҳәм жәриймалар енгизиледи.
Бюджеттен тысқары қаржылардың есабынан алынып атырған товарларды да тәртипке салыў ўақты келгени атап өтилди. Бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қаржы есабынан тийкарғы қуралларды сатып алыў бойынша талаплар күшейтилиўи белгиленди.
Хызмет транспортында жүргизиў кескин қысқартып, жергиликли автомобиль ҳәм мебельден пайдаланыўға өтиў зәрүрлиги атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги