Буннан былай секторлар жумысы менен прокурор, ишки ислер ҳәм салық шуғылланбайды – Президент

324

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында коррупцияның алдын алыў бойынша жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм келешектеги баслы ўазыйпаларға бағышланған кеңейтилген мәжилис даўам етпекте.

Салық уйымлары ҳәр бир мәҳәллеге бириктирилгени менен түсимлер кескин артпай атырғаны атап өтилди.

Мәселен, мыңлаған кәрхана есабатларында ҳеш бир хызметкер жоқ деп көрсеткен болса, және мыңлаған кәрхана 2 ямаса 1 жумысшы көрсетпекте. Бул салық уйымлары жасырын экономика менен төмен ислеп атырғанынан дәрек екенлиги көрсетип өтилди.

Инсаплы исбилерменлерге қосымша қун салығы 7 күн ишинде қайтарып берилиўи белгиленген. Бирақ, салық басшылары исбилерменлердиң 487 миллиард сумлық 2,5 мыңға шамалас мүрәжатын өз ўақтында көрип шықпаған.

«Буннан былай секторлар жумысы менен прокурор, ишки ислер ҳәм салық шуғылланбайды»,-деди Президент.

Олардың орнына ендигиден былай Бас министрдиң орынбасарлары тийисли тараўлар менен өз күши ҳәм системасы шуғылланыўы белгиленди.

Кәмбағаллық, социаллық қорғаў, исбилерменлик бойынша реформалар ҳәр бир инсанға жетип баратуғын жумыс шөлкемлестирилмекте. Енди бул жумыс усылы район ҳәм мәҳәлледе жынаятшылықты жылаўлаў, коррупцияның алдын алыў бойынша енгизиледи.

ӨзА