Кадрларда пидәкерлик, иллетлерге қарсы гүресиўде аўызбиршилик жетиспей атырғаны бул бағдарда ең үлкен кемшилик сыпатында көрсетип өтилди

206

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында коррупцияның алдын алыў бойынша  жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпаларға бағышланған кеңейтилген мәжилис даўам етпекте.

– Ҳәммемиз жақсы түсинемиз, коррупцияға қарсы гүресиў процеси ҳеш қашан анық мүддет пенен шекленбейди. Бул мәселеде тек мәмлекеттиң ҳәрекети менен күтилген нәтийжеге ерисип болмайды. Бул- пүткил жәмийетимиздиң жумысы, – деди Президент.

Кадрларда пидәкерлик, иллетлерге қарсы гүресиўде аўызбиршилик жетиспей атырғаны бул бағдардағы ең үлкен кемшилик сыпатында көрсетип өтилди.

Мәмлекетимиздеги тынышлық ҳәм турақлылықты қәдирлеў, кешеги күн менен бүгинги күнниң парқын  жақсы түсиниў, мәҳәлледе, той-мерекеде артықша ысырапгершиликке жол қоймаў, ҳадаллық ҳәм шүкирлик пенен өмир сүриўди түсиндириў жумыслары  бойынша жәмийетимизде жақсы тәжирийбелер жетиспейтуғыны атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы бул бағдарда турған ең әҳмийетли ўазыйпаларға тоқтап өтти.

ӨзА