Елликқалада жаңа имаратлар пайдаланыўға тапсырылды

Елимизде ҳүрметли Президентимиз тәрепинен барлық тараўлар қатарында билимлендириў тараўына да айырықша итибар қаратылып, бул бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Усы тийкарда балаларды мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў жумыслары жаңа басқышқа көтерилип, ең узақ, алыс аймақларда да жаңа бақшалар қурылып атыр. Әне усындай ийгиликли жумыслардың даўамы сыпатында Президентимиздиң 5246-санлы қарары тийкарында Елликқала районының «Пахтачи», «Чўпон» мәҳәлле пуқаралар жыйынларында 36-ҳәм 37-мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери жаңадан қурылды. Сондай-ақ, «Қилчиноқ» аўыл пуқаралар жыйынында «Сапаргүл, Дилфуза, Ширинай» мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында шөлкемлестирилди.

Жаңадан бой тиклеген бул имаратлар салтанатлы түрде пайдаланыўға тапсырылды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов сөзге шығып, жаңа имаратлардың халықтың абаданлығы жолында пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады. Сондай-ақ, илажда Өзбекстан Республикасы Қаржы ҳәм экономика министрлиги жанындағы Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў жойбары бойынша директор орынбасары Р.Усманов, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Отемуратов, район ҳәкими В.Ниязимбетовлар қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги