Суд ҳүжжетлерин орынлаў системасы санластырылады

Парламент төменги палатасының мәжилисинде суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да ҳүжжетлерди орынлаў системасын санластырыў ҳәм орынлаў исин жүргизиўдиң нәтийжелилигин буннан былай да жақсылаўға қаратылған нызам жойбары додаланды.
Нызам жойбары бойынша шығып сөйлеген депутат Анвархон Темировтың айтыўынша, бүгинги күнде суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да ҳүжжетлерди орынлаўда ҳәр қандай босаңласыўдың алдын алыў, пуқаралардың минимал турмыс дәрежесин тәмийинлеў ушын зәрүр болған мүлки ҳәм пул қаржыларына қол қатылмаўды кепиллеўге қаратылған нызам ҳүжжетлерин системаластырыў ҳәм жетилистириў зәрүрлиги пайда болмақта.

Усы нызам жойбары менен пуқаралардан қарыздарлдықлары ушын өндириў қаратылыўы мүмкин болмаған ең аз кепилленген дәраматты орнатыў, мәмлекетлик орынлаўшылар тәрепинен нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлерин әмелге асырыўда мобиль видеобақлаў қуралларынан пайдаланыўды нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Нызам жойбарының қабыл етилиўи суд ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаўда инсан факторының қорғалыўына, мәжбүрий орынлаў системасын буннан былай да жетилистириў ҳәм әдил судлаўдың нәтийжелилигин тәмийинлеўге хызмет етеди.
М.Комилова,
ӨзА