Рәсмий сапар менен елимизге келген Грузия Бас министри Иракли Кобахидзе Өзбекстан Бас министри Абдулла Арипов пенен биргеликте Ташкент қаласындағы Технопаркке барды
268

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен санаат кооперациясын раўажландырыў ҳәм жоқары технологиялық өнимлер ислеп шығарыў мақсетинде бой тиклеген заманагөй инновациялық комплексте 365 миллион доллардан зыят туўрыдан-туўры инвестициялардың есабынан 16 өндирислик майдан жайласқан.

Грузия Бас министрине Технопарк кәрханаларында ислеп шығарылып атырған кең түрдеги жоқары технологиялық өнимлер, соның ишинде турмыслық техника, электрон есаплағышлар, лифтлер, суў насослары, санаат кондиционерлери, суўытыў үскенелери, лифт ҳәм басқалар көрсетилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги