Грузия бас министри Кобахидзе Өзбекстанға келеди
304

4-5-март күнлери Грузия бас министри Ираклий Кобахидзе рәсмий сапар менен Өзбекстанға келеди.
Бул ҳаққында Өзбекстан ҳүкимет порталында хабар берилди.
Сапар бағдарламасынан бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар ҳәм ҳүкиметлераралық биргеликтеги комиссия мәжилисин өткериў, санаат кәрханаларының жумысы менен танысыў ҳәм басқалар орын алған.
Еслетип өтемиз, Грузияның алдынғы бас министри Ираклий Гарибашвили 2022-жылдың жазында Өзбекстанға келген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги