IT тараўындағы әҳмийетли мәселелер додаланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев IT бағдарында жумыс алып барып атырған тараў ўәкиллери менен ушырасты. Онда дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы IT тараўы бойынша хызметлер көлемин кеңейтиў, экспортты және де арттырыў, санластырыўды раўажландырыў зәрүр екенин атап өтти. Сондай-ақ, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тараўды раўажландырыўға қосымша шараятларды жаратыў бойынша және бир қатар имканиятлар берилгенин айрықша тилге алды.

Ушырасыўда сондай-ақ, усыншама имканият жаратып берилгенлигине қарамастан, республикамызда IT тараўын раўажландырыўда, аралықтан хызмет көрсетиў, IT өнимлерин экспорт етиў бойынша жумыслар талап дәрежесинде емеслиги атап өтилип, ўазыйпалардың орынланыўы сын көз-қараста көрип шығылды.

Соның менен бирге, IT тараўын еле де раўажландырыў, жаслар арасында кеңнен ен жайдырыў, барлық тараўларда санластырыўды енгизиўдиң әҳмийети ҳаққында кең түрде атап өтилип, тараў ўәкиллериниң пикир- усыныслары тыңланды. Өз гезегинде ушырасыў даўамында бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилди. Барлық билдирилген усыныслар белгилеп алынып, тараў жуўапкерлерине тийисли тапсырмалар берилди. Ушырасыўда 2024-жыл даўамында IT тараўында экспорт ҳәм ишки базарда жоқары нәтийжелерге ерискен бир топар тараў ўәкиллери «Ўатан пидайысы», «Үмит ушқыны» көкирек белгиси ҳәм Жоқарғы Кеңестиң «Миннетдаршылық хаты» менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги