Макрон ЕА қорғаныў қәрежетин 3,5 процентке шекем арттырыўды усыныс етти

231

Франция Президенти Эммануэль Макрон екшемби күии Европа Аўқамына ағза мәмлекетлердиң қорғаныў қәрежетлерин улыўма жалпы ишки өнимниң 3-3,5 процентине шекем шығарыў басламасын алға қойды, деп жазды «China Daily» басылымы

Лондон саммитине қатнасқаннан соң «Ле Фигаро» газетасына берген интервьюинде француз жетекшиси аўқам қурамындағы мәмлекетлер Американың улыўма қорғаныў системасынан үзи-кесил шығыўға таярлық көриўи ҳәм материк қәўипсизлигин тәмийинлеўге үлкен инвестиция киргизиўи керек екенин айтты.

Европа Кеңеси тәрепинен жәрияланған мағлыўматқа қарағанда, 2024-жыл ЕА қорғаныў ушын қаратылған жәми қәрежет шама менен 326 миллиард евроға жетти. Бул ЖИӨниң шама менен 1,9 процентин қурайды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги