АҚШ рәсмий тилге ийе болды

Америка Қурама Штатлары дүзилгенли берли биринши мәрте рәсмий тилге ийе болды. Президент Дональд Трамп бул ҳаққындағы тийисли пәрманға қол қойды.
Бул нызам федерал масштабта қаржыландырыў ҳуқықына ийе мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басқа тиллерде ҳүжжет ҳәм хызмет усыныў сиясатын өзгертеди, деп жазды ВВС.
2000-жылы бурынғы Президент Билл Клинтон қол қойған ҳүжжетке бола, усы ўақытқа шекем инглис тилин билмейтуғынларға рәсмий уйымлар тәрепинен тил бойынша жәрдем көрсетилетуғын еди.
– Инглис тилин рәсмий тил сыпатында белгилеў тек сөйлесиўди жеңиллетип ғана қоймастан, ал улыўмалық миллий қәдриятларды да беккемлейди, және де бир пүтин ҳәм нәтийжели жәмийет жаратады, делинген пәрманда.
АҚШ дерлик 250 жыллық тарийхқы даўамында биринши мәрте федерал дәрежеде рәсмий тилин белгиледи. Халықты дизимге алыў бюросының атап өтиўинше, мәмлекеттиң 340 миллионынан 68 миллионға шамаласы басқа тилде сөйлеседи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги