Өзбекстан халқына қутлықлаў
Қәдирли ўатанласлар!
Бәринен бурын, сиз әзизлерди, елимиздеги барлық мөмин-мусылманлар ҳәм пүткил халқымызды жақсылық, қайыр-сақаўат ҳәм мийрим-шәпәәт айы болған Рамазан кирип келиўи менен шын кеўилимнен қуўтлықлайман.
Усы қутлы әййямда мине, усындай қуўанышлы айды елимиз бенен биргеликте тыныш орталықта күтип алып атырғанымыз ушын Алла таалаға шексиз шүкиршилик айтамыз.
Ҳәзирги күнде барлық тараў ҳәм тармақлардағы реформаларымыз муқаддес ислам дининиң адамгершиликке үйлесикли болған “Инсан қәдири ушын, инсан бахыты ушын” деген идея тийкарында әмелге асырылып атырғанын көплеген мысалларда көриў мүмкин.
Соның ишинде, социаллық қорғаў системасы нәтийжесин жоқарылатыў, наўқаслар, майыплығы болған, кексе ҳәм жәрдемге мүтәж инсанларды, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды, сырт елдеги пуқараларымызды ҳәр тәремлеме қоллап-қуўатлаў, перзентлеримиздиң тәрбиясына итибарды күшейтиў, муқаддес жерлер ҳәм зыярат орынларын абат етиўге қаратылған ис-ҳәрекетлер барған сайын кеңейип баратырғанын атап өтиўимиз керек.
Бул бағдарда басланған жумысларымызды избе-из даўам еттириў,-елимиздеги тыныш ҳәм абат турмысты, миллетлер ҳәм динлераралық аўызбиршилик орталығын көз қарашығындай қәстерлеп-сақлаў буннан былай да ҳәр қашан итибарымыз орайында болады.
Пәк нийетлер қабыл болатуғын бул қутлы айда жер жүзиниң түрли регионларындағы урыс-қағыслар, келиспеўшилик ҳәм душпанлық сапластырылып пүткил жер жүзинде тынышлық, өз-ара ҳүрмет, кеңпейиллик ҳәм бирге ислесиў турақлы болыўын шын кеўилден сорап, дуўа етемиз.
Жер жүзиндеги барлық мөмин –мусылман, дос ҳәм бирге ислесиўшилеримизди Рамазан айының басланыўы менен қызғын қутлықлап, олардың мәмлекетлери ҳәм халықларына тынышлық, раўажланыў ҳәм абаданлық тилеймиз.
Әзиз ўатанласлар!
Рамазан айын шаңарақ ҳәм жақынларыңыз бенен бирге үлкен қуўанышта күтип алып атырған сиз уллы ўатанласларымызды жән бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге денсаўлық, бахыт, шаңарақларыңызға қут-берекет тилеймен.
Усы муқаддес айда исленетуғын ибадат ҳәм дуўалар, қайыр-сақаўат ҳәм әмеллерди Ала таала өз дәргайында қабыл етсин!
Халқымыздың арзыў-нийетлери әмелге ассын!
Рамазан айы бәршемизге мүбәре болсын!
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти