Көргизбели семинар өз жумысын баслады
256

Әмиўдәрья районында “Халықтың қыйтақ жер ҳәм ижара жерлеринен нәтийжели пайдаланыўы арқалы дәраматларын арттырыў илажлары” атамасында көргизбели семинар өз жумысын баслады.
Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген жаңа система тийкарында шөлкемлестирилген семинарда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары У.Муҳаммадиев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Дәслеп мийманлар райондағы “Қыпшақ” АПЖдағы “Ҳажы ийшан баба мешити”не барды. Бул жерде басланып атырған жумыслардың қайырлы болыўы ушын Қуран оқылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги