Мүбәрек Рамазан айын мүнәсип түрде өткериў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Кейинги жылларда мәмлекетимизде ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў, муқаддес ислам дининиң инсаныйлық мазмунын өзинде жәмлеген қәдирият ҳәм дәстүрлерди қәстерлеп сақлаў ҳәм келеси әўладларға жеткериў, елимизде болып турған тынышлық, миллетлер ҳәм динлераралық татыўлық ҳәм аўызбиршилик орталығын беккемлеў, жәрдемге мүтәж, майыплығы болған ҳәм мүтәж инсанларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында үлкен жумыслар алып барылмақта. Усындай ийгиликли әмеллер мүбәрек Рамазан айында, әсиресе, айқын көзге тасланбақта.
Халқымыз ушын бурыннан мийрим-шәпәәт, шүкирлик ҳәм кеңпейиллик тымсалы болып келген мүбәрек Рамазан айын мүнәсип күтип алыў ҳәм жоқары дәрежеде өткериў мақсетинде:
- 2025-жылы мүбәрек Рамазан айының басланыўы 1-март күнине туўра келиўи ҳаққындағы Өзбекстан мусылманлары уйымының мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Дин ислери бойынша комитет, Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы, Өзбекстан ветеранларының социаллық жумысын қоллап-қуўатлаў “Нуроний” қоры ҳәм басқа бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте аймақларда Рамазан айын миллий дәстүр ҳәм қәдириятларға сай түрде өткериўге байланыслы илажларды әмелге асырсын.
Бул пазыйлетли айда “Рамазан – сақаўат, аўызбиршилик ҳәм кеңпейиллик айы” идеясы тийкарында:
мүтәж ҳәм илим-ағартыўшылық жолында изленип атырған жасларға жәрдем бериў бойынша басламаларды қоллап-қуўатлаўға;
шаңарақлық қатнасықларды беккемлеў, мәҳәллелерде өз-ара түсиник ҳәм исеним орталығын күшейтиў ҳәм ҳүрмет ҳәм мийрим-шәпәәт қәдириятларын үгит-нәсиятлаўға;
қоршаған орталықты сақлаў, муқаддес жерлер, зыярат орынларын абаданластырыў, нәллер егиўге ҳәм Рамазан айы менен байланыслы илажларда нормаға әмел етиў ҳәм ысырапгершиликке жол қоймаўға айрықша итибар берилсин.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа ғалаба хабар қуралларына Рамазан айын өткериў менен байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Арипов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.Қ.Давлетовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2025-жыл 27-февраль