Бизнес марафонныӊ жаӊа мәўсими Қарақалпақстанда

Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасына болған сапары даўамында мәмлекетимиз жоқары оқыў орынларын тамамлап атырған қарақалпақстанлы студентлердиң ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында жумысқа кириўи ушын зәрүр шараятлар жаратып бериў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилген еди. Усы жойбардыӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде пайтахтымыздағы «Ақ қуў» комплексинде «Бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы» өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, ярмарканың ашылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады. Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары У.Мухаммадиев, Өзбекстан Республикасы Кәмбағалықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри Б.Зaxидовлар қатнасты.

Статистикалық мағлыўматларға қарағанда быйылғы жылы жоқары оқыў орынларын 21 мыӊға шамалас қарақалпақстанлы жаслардыӊ питкериўи күтилмекте. Соннан, 10 мыӊнан аслам жаслар Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардағы жоқары оқыў орынларын тамамлайды.
Бундай ярмаркаларды шөлкемлестириўден мақсет, ертеӊги келешегимиз ийелери болған жасларымыз ушын қолайлы шараятлар жаратыў, әсиресе, оларды жоқары мағлыўматлы кадрлар етип таярлаў, бәнтлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратыў болып табылады.


Илаж шеӊберинде мәмлекетлик жоқары оқыў орынларын питкерип атырған қарақалпақстанлы студент-жаслардыӊ бизнес басламалары, стартап идеялары, усынысларын сондай-ақ олардыӊ бизнес жүргизиў көнликпелерин арттырыў мақсетинде «Жаслардыӊ бизнес саяхатлары» жойбары шөлкемлестирилди.


Буннан тысқары, жаслардың исбилерменликке болған қызығыўшылығын және де арттырыў, инновациялық жойбарларын әмелге асырыўға жәрдем бериў мақсетинде кеӊ көлемдеги «Бизнес Марафон» жойбары да өткерилди. Бул марафонға республикамыздағы белгили исбилерменлер, бизнес тренер ҳәм мотиваторлар қатнасты. Атап айтқанда, «Жаслар келешегимиз» қорының атқарыўшы директоры Х.Саттаров, «Asaxiy.uz» интернет дүканы ҳәм «Asaxiy Books» жойбарыныӊ тийкарын салыўшысы Ф.Аллаев, «Yuksalish» жеке меншик мектеплериниӊ тийкарын салыўшысы, мотиватор М.А.Эшонқулов, Missed.com ҳәм Jafton.com компаниясы тийкаршысы Б.Акилханов, SAP компаниясыныӊ Өзбекстандағы сатыў директоры «Bookcafe» ҳәм «Top Contract» тийкарын салыўшысы Л.Адҳамов, 20 жыллық тәжирийбеге ийе қаржы бойынша эксперт Т.Курбановалар жаслардыӊ келешеги ушын әҳмийетли болған зәрүр билим ҳәм тәжирийбелери менен ортақласты.

Бизнес марафон даўамында жаслар өзлериниӊ қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы
Автордыӊ түсирген сүўретлери