Театр өнерине туңғыш қәдемлер

391

Нөкис қаласында «Туран мектеп театр» таңлаўының қалалық басқышы болып өтти.

Таңлаўға пайтахтымыздағы мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес улыўма орта билим бериў мектеплериниң 6-10-класслары оқыўшыларынан ибарат командалар қатнасты.


Жаслардың өзлериниң талантларын жүзеге шығарыўына себепши болған таңлаў жуўмағында, 31-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшылары биринши орынды ийелеп, таңлаўдың республикалық басқышына жолламаны қолға киргизиўге еристи.

Ал, сыйлы екинши орынды 5-санлы улыўма орта билим бериў мектеби ҳәм үшинши орынды 1-санлы улыўма орта билим бериў мектеби командаларына несип етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы