Пакистан Бас министриниң Өзбекстанға рәсмий сапары жуўмақланды
249

Пакистан Ислам Республикасы Бас министри Шаҳбоз Шарифтиң Өзбекстанға сапары өз жуўмағына жетти.
Ташкент қаласы халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа да рәсмий адамлар шығарып салды.

Еслетип өтемиз, жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерден Өзбекстан-Пакистан стратегиялық шериклик ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиў қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм кеңейтиў мәселелери орын алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги