Өзбекстан ҳәм Пакистан жетекшилери стратегиялық шерикликти кеңейтиўдиң тийкарғы бағдарларын белгилеп алды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Пакистан Ислам Республикасы Бас министри Шаҳбоз Шариф тар шеңберде ҳәм рәсмий делегациялардың қатнасыўында сөйлесиў өткерди.
Өзбекстан-Пакистан стратегиялық шериклик қатнасықларын және де кеңейтиў ҳәм беккемлеўдиң барлық бағдарлары көрип шығылды.
Сөйлесиў алдында Пакистан Бас министри Шаҳбоз Шариф шын кеўилден қабыллағаны ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди.
Мәмлекет басшылары кейинги жыллары көп тәреплемели бирге ислесиў жедел раўажланып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Жедел сиясий сөйлесиўлер, нәтийжели парламентлераралық ҳәм уйымлараралық алмасыўлар даўам етпекте.
2024-жылы товар алмасыў көлеми 400 миллион доллардан асты, биргеликтеги кәрханалардың саны 130ға жетти. Карачи ҳәм Ташкентте саўда үйлери ашылды. Ташкент ҳәм Лаҳор арасында тиккелей авиақатнаўлар тикленди.
Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси, бизнес форумлары ҳәм Өзбекстан миллий санаат көргизбеси табыслы өткерилди.

Сөйлесиўлерде саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Қабыл етилген «жол картасы» тийкарында товар алмасыў көлемин 2 миллиард долларға жеткериў бойынша өз-ара муўапықласқан илажлар көриў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Жеңиллетилген саўда ҳаққындағы келисим шеңберинде товарлар дизимин кеңейтиў, фитосанитария ҳәм карантин талапларын, бажыхана тәртип-қағыйдаларын өз-ара әпиўайыластырыў, стандартларды жақынластырыў, электрон саўда платформаларын интеграциялаў, сатып алыўларда қатнасыў имканиятын тәмийинлеў, банклераралық есап-санақлар механизмлерин жетилистириў ҳәм басқалар баслы ўазыйпалар сыпатында белгиленди.

Жетекши компаниялардың фармацевтика, электротехника, аўыл хожалығы машина қурылысы, геология ҳәм минерал ресурслар, тоқымашылық, былғары санааты ҳәм басқа да тармақларда кооперациялық жойбарларды әмелге асырыў режелери көрип шығылды.
Аймақлар арасындағы исбилерменлик ҳәм мәдений байланысларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанда еки мәмлекет аймақлары форумын өткериўди усыныс етти.

Өзбекстан ҳәм Пакистан жетекшилери транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты күшейтиў ҳәм транзит имканиятын жүзеге шығарыў мәселелерине айрықша тоқтап өтти.
Кейинги бир неше жылда «Өзбекстан – Аўғанстан – Пакистан» мултимодаль коридоры арқалы жүк тасыў көлеми 5 есеге көбейгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жүк айланысы көлемин және де арттырыў мақсетинде транспорт-логистика компаниясын шөлкемлестириўге келисип алынды.
Трансаўған темир жолын қурыў жойбарын әмелде орынлаў мақсетинде биргеликтеги ҳәрекетлерди муўапықластырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилисин быйыл июль айында Лаҳор қаласында өткериўге келисип алынды.
Тәреплер мәдений-гуманитарлық ҳәм туризм алмасыўын және де кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти. Усы мәниде, өз-ара Мәденият ҳәптеликлери ҳәм туризм бағдарламаларының презентацияларын өткериўге келисим алынды.
Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысылды. Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Қосылмаў ҳәрекети, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, ШБШ ҳәм басқа да көп тәреплеме структуралар шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Өзбекстан Президенти ҳәм Пакистан Бас министри терроризм, радикализм, исламофобия ҳәм қәўипсизликке қәўип салып атырған басқа да заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде ҳәрекетлерди бирлестириў зәрүр екенлигин атап өтти.
Кең көлемли бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын ислеп шығыў мақсетинде Жоқары дәрежедеги стратегиялық шериклик кеңесин шөлкемлестириў ҳәм оның биринши мәжилисин келеси жылы өткериўге келисип алынды.
Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер соңында ерисилген келисимлер ҳәм қол қойылған келисимлерди өз ўақтында әмелге асырыў бойынша биргеликтеги «жол картасы»н ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў ҳаққында қарар қабыл етилди.
ӨзА