Муса Аймуратов Азия чемпионатында жеңимпаз болды

333

Ҳәзирги күнлери Кувейтте қылышласыў спорты бойынша Азия чемпионаты болып өтпекте.

Чемпионатқа Өзбекстан сайланды командасы қурамында қарақалпақстанлы спортшылар да мүнәсип түрде қатнаспақта.

Атап айтқанда, жаслар арасында сабля бойынша ерлер сайланды командасының ағзасы, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң дене мәденияты факультети 3-курс студенти Муса Аймуратов барлық қарсыласларын жеңип шығып, Азия чемпионы атағына миясар болды.

Мусаға ярым финалда жеңилген, және бир жерлесимиз Исламбек Абдазов болса, қола медалын қолға киргизди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы