Пакистан Бас министрин салтанатлы күтип алыў мәресими болды

719

26-февраль күни Ташкент қаласындағы Халықаралық конгресс орайында мәмлекетимизге рәсмий сапар менен келген Пакистан Ислам Республикасы Бас министри Шаҳбоз Шарифти рәсмий күтип алыўға бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев жоқары мәртебели мийманды қызғын қутлықлап, минберге мирәт етти. Әскерий оркестр еки мәмлекеттиң гимнлерин атқарды.

Жетекшилер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялар ағзаларын бир-бирине таныстырды.

Биргеликте сүўретке түскеннен соң тар шеңбердеги сөйлесиўлер басланды

ӨзА