Өзбекстанда әскерий хызметкерлерди социаллық қорғаў күшейтиледи

423

«Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына әскерий хызметкерлерди социаллық қорғаўды күшейтиўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға бола, Президенттиң айырым қарарларына төмендегилерди нәзерде тутыўшы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди:

– 2025-жыл 1-марттан әскерий хызметкерлерге турақ жайды ижараға алғаны ушын төленетуғын ҳәр айлық пул компенсациясы муғдары 20 процентке арттырылады;

– 2025-жыл 1-июньнан ипотека кредитлерин ажыратыў көрсеткишлери тийкарында турақ жай менен тәмийинленетуғын, календарь есабында 10 жылдан артық әскерий хызметти өтеген әскерий хызметкерлерге турақ жай сатып алыў (қурыў) ушын ипотека кредити алыныўында ажыратылатуғын дәслепки төлем муғдары турақ жайдың есапланған баҳасының 35 проценти муғдарында белгиленеди.

2025-жыл 1-марттан жылдың ақырына шекем Қураллы Күшлердиң контракт бойынша хызмет етип атырған, әмелдеги қәрежетлер шеңберинде турақ жай менен тәмийинленбеген қатардағы әскер, сержант ҳәм офицерлер қурамындағы әскерий хызметкерлерге турақ жайды ижараға алғаны (ижарада турғаны) ушын:

Ташкент қаласында – БЕМниң 4,8 есесине шекемги муғдарда;

Нөкис қаласы ҳәм ўәлаятлар орайларында – БЕМниң 3,6 есесине шекемги муғдарда;

басқа қалалар, район орайлары ҳәм елатлы пунктлерде – БЕМниң 2,4 есесине шекемги муғдарда ҳәр айлық пул компенсациясы төлемлери белгиленди.

Шаңарақ ағзалары 3 адам ҳәм оннан артық болған жағдайда әскерий хызметкерлердиң усы пул компенсациясы муғдарлары 50 процентке арттырылады.

2026-жылдан ҳәр жылы ҳәр айдағы пул компенсациясы төлемлериниң муғдары аймақлар кесиминде турақ жай ижарасының базар баҳаларынан келип шыққан ҳалда, Ҳүкимет қарары менен белгилеп барылады.

ӨзА