Мектеплерде бир муғаллимге неше оқыўшыдан туўра келеди?
263

Статистика агентлигиниң мағлыўматларына бола, 2024-2025-оқыў жылы басында улыўма билимлендириў мәкемелерине бир муғаллим (саат есабына ислеўшилерсиз) ге орташа 12 оқыўшы туўра келмекте.
Бул көрсеткиш аймақлар кесиминде төмендегише:
- Ташкент қаласында — 17
- Әндижан ўәлаятынданда — 14
- Ташкент ўәлаятында — 14
- Наманган ўәлаятында — 13
- Самарқанд ўәлаятында — 13
- Ферғана ўәлаятында — 12
- Сырдәрья ўәлаятында — 12
- Сурхандәрья ўәлаятында — 11
- Жиззақ ўәлаятында — 11
- Хорезм ўәлаятында — 11
- Бухара ўәлаятында — 11
- Қашқадәрья ўәлаятында — 11
- Қарақалпақстан Республикасында. — 9
- Наўайы ўәлаятында — 9
Мағлыўматларға бола, 2024-2025-оқыў жылы басында мәмлекетимиздеги улыўма орта билимлендириў шөлкемлеринде билим берип атырған муғаллимлер (саат есабына ислеўшилерсиз) диң улыўма саны 564,9 мыңды қураған. Улыўма билимлендириў мәкемелери саны болса 10 943 ти қурайды, -деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги