Усы айдан Сертификатқа ийе өзбек тили (мəмлекетлик тил) муғаллимлерине де 50 процент үстеме бериледи

272

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан – 2030» стратегиясын “Қоршаған орталықты қорғаў ҳəм «жасыл экономика» жылында əмелге асырыўға байланыслы мəмлекетлик бағдарлама ҳаққында”ғы Пəрманына бола, 2025-жыл 1-февральдан баслап Мектепке шекемги ҳəм мектеп билимлендириўи министрлиги системасындағы улыўма орта билим бериў мəкемелеринде өзбек тили (мəмлекетлик тил) пəни бойынша сабақ беретуғын ҳəм Билим ҳəм тəжрийбелерди баҳалаў агентлигиниң миллий баҳалаў системасында алынған тийисли дəрежедеги өзбек тили ҳəм əдебияты сертификатына ийе болған педагог кадрларға олардың тариф ставкасына салыстырмалы 50 процент муғдарында ҳəр айлық қосымша үстеме төленеди.

Бул ҳаққында Расул Кучербаевтың телеграмм каналында жазылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги