Қубла Кореяда көпир қулап түсти: қайтыс болғанлар ҳәм жарақатланғанлар бар

175

Сеул-Седжон тез түрер автомагистралында монтажлаў жумыслары ўақтында көпир қулап түсти.

Ҳəдийсе жүз берген ўақытта конструкция астында сегиз жумысшы бар еди: үшеўи қайтыс болды, бесеўи жарақатланды, деп хабар бермекте Kazinform Yonhap.қа силтеме жасап.

Ҳәдийсе орнына жедел хызметлер жиберилди, излеў-қутқарыў жумыслары алып барылмақта.

Ҳукимет авария ақыбетлерин сапластырыўға барлык ресурсларды қаратпақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги