Тәжирийбе арттырыўға тийкар жаратыўшы семинар өткерилди

111

Әмиўдәрья районында мәмлекетимиз басшысы тәрепинен халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыў, исбилерменликти раўажландырыў, халықтың дәраматын арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслардың орынлаўы менен танысыў мақсетинде семинар шөлкемлестирилди.

Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының қаржы-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары – экономика ҳәм қаржы министри Н.Ерлепесов, Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри Қ.Азербаев, Өзбекстан Мәҳәллелер ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы С.Турманов, район ҳәкиминиң биринши орынбасары Ф.Юсупов ҳәм райондағы «мәҳәлле жетилиги» жуўапкерлери қатнасты.

Семинар даўамында тараўлар бойынша республика ҳәм район дәрежесиндеги басшылар «Amudaryo tomorqa xizmat» ЖШЖның 1 гектар майданда қурылған ыссыханасы ҳәм музлатқышлы қоймаханасының, исбилермен Р.Юсуповтың 1 гектар жерде шөлкемлестирген ыссыханасының, Чайкол аўылында қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланып, жақсы дәрамат алып атырған үлгили қыйтақ жер ийеси М.Норбоевтың жумысы ҳәм «Nukus Delisha» ун ислеп шығарыўшы кәрханасының жумыслары менен танысты.

Өз-ара билим, тәжирийбе ҳәм маманлық арттырыўға тийкар жаратқан семинар даўамында жуўапкер басшылар тәрепинен бул бағдардағы жумысларды буннан былай да жеделлестириў бойынша тийисли көрсетпе ҳәм усыныслар берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги