Өзбекстан ҳәм Аўғанстан бирге ислесиўиниң жаңа дәўири

271

Халқымызда бир мақал бар: Қоңсың тыныш – сен тыныш. Бул шексиз ҳақыйқат, әсиресе, кескин келиспеўшилик ҳәм зорлық-зомбылық көбейип, түрли регионларды өзине тартып атырған, әсирлер даўамында өз-ара тыныш, аўызбиршиликли жасаған пүткил халықлар бир-бирине қарама-қарсы болып қалып атырған бүгинги күнде оғада үлкен әҳмийетке ийе.

Өзбек ҳәм аўған халықлары бурыннан – қоңсылас жасап келеди. Бизди улыўма мәдений, руўхый ҳәм тарийхый қәдириятлар, бирден-бир дин, уллы ата-бабаларымыздың мийрасы бирлестирип турады.

Өзбекстан бәрқулла  Аўғанстандағы жағдайды турақластырыў, бул мәмлекет пенен жақсы  қоңсышылық қатнасықларын жолға қойыў ҳәм беккемлеў тәрепдары болып келген. Әсиресе, соңғы жылларда қатнасықларымызда өзгеше қатнас пайда болып атырғаны, бирге ислесиў жаңаша көзқараслар тийкарында раўажланып атырғаны халықаралық көлемде  тән алынбақта.

Мәмлекетимиз  Бирлескен Миллетлер Шөлкеми минберинен, бир қатар халықаралық ҳәм регионналық струткуралар шеңберинде Аўғанстанға байланыслы перспективалы усыныс, басламалар алға қойып  атырғаны белгили. Ең әҳмийетлиси, бул турмыслық  жойбарлардың барлығы әмелиятқа енгизилмекте.

Усы күнлерде Аўғанстан Бас министри орынбасарының ўазыйпасын атқарыўшы Мулло  Абдул Ғани Бародар басшылығындағы делегация мәмлекетимизде болып турыпты.

22-февраль күни мәртебели мийманларды Бас министрдиң орынбасары Жамшид  Хўжаев, Президенттиң Аўғанстан бойынша арнаўлы ўәкили Исматулла Эргашев, Талибанның елимиздеги елшиси шайх Абдулғаффор Баҳр күтип алды.

Делегация қурамында ҳәзирги ўақытта Ўақытша ҳүкимет қурамында кән ҳәм нефть, транспорт ҳәм авиация, санаат ҳәм саўда, аўыл хожалығы сыяқлы тийкарғы тараўларда министрдиң ўазыйпасын атқарып атырған, сондай-ақ, Қаржы министрлиги басшысының дәрамат ҳәм бажы ислери бойынша орынбасары сыяқлы экономиканың ең әҳмийетли  тармақларының жуўапкер ўәкиллериниң барлығы бул сапардан бир қанша жоқары мақсетлер гөзленгенинен дерек береди.

Мулло Абдул Ғани Бародар  дәслеп ҳүкиметимиз басшысының орынбасары Жамшид Хўжаев пенен ушырасып, саўда ҳәм транзит қатнасығын беккемлеў, биргеликтеги саўда  зоналарын шөлкемлестириў мәселесин додалады.

Жоқары мәртебели ҳәмелдар Аўғанстан ҳәм Өзбекстанды диний, тарийхый, мәдений ҳәм этникалық бирлик байланыстырып туратуғынын және бир мәрте еске алып, бул жағы еки үлкениң сиясий, экономикалық қатнасықларына терең унамлы тәсир көрсетип атырғанын атап өтти. Соның менен бирге, Трансаўған жойбары, 500 килловаттлық электр жеткерип бериў системасын жаратылыўы ҳаққында атап өтти. Өз-ара саўдада миллий валюталардан пайдаланыў, углеводород ҳәм минерал ресурслар бойынша келисимди әмелге асырыў, өзбекстанлы исбилерменлердиң Аўғанстанда түрли тарўларға  инвестиция киргизиў имканиятын үйрениў усынысын алға қойды. Инвесторларға зәрүр қолайлықлар жаратыў мәселеси  ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланатуғынын билдирди.

Өз гезегинде Ж.Хўжаев өзбек исбилерменлери бул туўысқан мәмлекетте нефть ҳәм газди излеў ҳәм қазып алыў арқалы  санаатты раўажландырыў, мәселен Наманган ўәлаятында цемент заводын қурыў ушын инвестиция киргизиўге таяр екенлигин мәлим етти. Мәлим болыўынша, «Тоти Майдон» газ кәнин излеў процесинде әлле қашан сезилерли нәтийжеге ерисилген, тез арада қазыў жумыслары басланады.

– Мақсетимиз – сиясий, экономикалық, транзит ҳәм саўда қатнасықларын кеңейтип, Аўғанстанға Өзбекстан инвестициясын тартыў ушын имканият жаратыў, – дейди  Талибан баспасөз  хызметиниң ўәкили Ҳамидулло Фитрат. Улыўма, еки мәмлекеттиң рәсмийлери  көплеген тараўлар бойынша шерикликти додалады.

Аўғанстанлы экономикалық таллаўшы Аҳмад Фирдавс Беҳғозинниң пикиринше, қоңсылар ҳәм басқа мәмлекетлер  менен беккем қатнасық тиклениўи мәмлекеттиң экономикалық потенциалын сезилерли дәрежеде арттырады.

– Бирге ислесиўши еллер менен экономикалық алмасыў көлеми қаншелли кеңейсе, ишки экономикамыз дүнья базарына сонша тез интеграцияласады, – деди ол.

Усы күнниң өзинде Өзбекстан Бас министри Абдулла Арипов Аўғанстан Бас министри орынбасарының ўазыйпасын атқарыўшы Мулло Абдул Ғани Бародар менен еки тәреплеме сөйлесиў өткерди.

Министрлер Кабинети баспасөз хызметиниң  хабарына бола, сөйлесиў даўамында мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыз арасындағы қатнасық дослық, бирге ислесиў ҳәм жақсы қоңсышылық принципине тийкарланғаны, Президент Шавкат Мирзиёев Аўғанстан менен барлық тараўларда конструктивлик ҳәм өз-ара пайдалы қатнасықларды раўажландырыўға айрықша итибар қаратып атырғаны атап өтилди. Шерикликти  және де кеңейтиў, саўда, экономика, энергетика, транспорт ҳәм басқа тараўларда избе-из раўажландырыў бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды.

Сөйлесиўлер, кең көлемли пикир алысыў қоңсы мәмлекеттиң тыныш ҳәм турақлы раўажланыўы, бәринен бурын, регион мәмлекетлери менен бирге дүнья жәмийетшилигине ҳәр тәреплеме интеграцияласыўы ушын зәрүр шәрт екенин және бир мәрте тастыйықлады.

Өткен жылдың август айында Бас министр А.Арипов Аўғанстанға барғанын мағлыўмат орнында атап өтиў зәрүр.

Аўғанстан делегациясы мәмлекетимизге сапары шеңберинде Ташкент қаласындағы бир қатар өндирис кәрханаларының жумысы менен жақыннан танысады.

Бир сөз бенен айтқанда, усы сапар даўамында ерисилежақ келисимлер еки тәреплеме  қатнасықты әмелий мазмун менен байытып, еки дос мәмлекеттиң өз-ара пайдалы ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиўин сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығатуғынына гүман жоқ.

Улыўма, жақсы қоңсышылықты беккемлеў Аўғанстан ҳәм барлық коңсы мәмлекетлер, соның ишинде, Өзбекстанның мәпине толық сәйкес келеди.

Ўткир Алимов, ӨзА