Пакистан бас министри рәсмий сапар менен Өзбекстанда болады

208

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола, Пакистан Ислам Республикасы Бас министри Шаҳбоз Шариф 25-26-февраль күнлери рәсмий сапар менен елимизде болады.

Болажақ жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер күн тәртибинен Өзбекстан-Пакистан стратегиялық шериклик ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиў байланысларын және де раўажландырыў ҳәм кеңейтиў мәселелери орын алған.

Өз-ара товар алмасыў көлемин арттырыў, транспорт байланыслығын күшейтиў ҳәм транзит потенциалын жүзеге шығарыў, жеңил ҳәм былғары санааты, аўыл хожалығы, фармацевтика, электротехника ҳәм экономиканың басқа тармақларында кооперация жойбарларын алға қойыў бойынша биргеликтеги режелер дыққат орайында болады.

Мәдений-гуманитарлық ҳәм туризм қатнасықларын жеделлестириў мәселелери де көрип шығылады. Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе тийкарғы мәселелер бойынша пикир алысады.

Саммит жуўмағында Биргеликтеги декларация ҳәм бир қатар еки тәреплеме ҳүжжетлер қабыл етилиўи режелестирилген.

Сапардың исбилерменлик бағдарламасы бойынша жетекшилер Өзбекстан- Пакистан биргеликтеги бизнес форумында да қатнасады.

ӨзА