Университеттиң раўажланыў режелери додаланды

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде ректор, академик А.Реймов басшылығында мәжилис болып өтти. Мәжилисте университеттиң барлық проректорлары, факультет деканлары ҳәм кафедра баслықлары қатнасты.
Дәслеп университет ректоры университеттиң стратегиялық раўажланыўы, заманагөй талапларға жуўап беретуғын билимлендириў системасын қәлиплестириў мәселелерине тоқтап өтти. Атап айтқанда, инвестицияларды тартыў, билимлендириў экспортын кеңейтиў, дуал тәлим системасын енгизиў, илимий потенциалды арттырыў ҳәм жаслардың тәлим-тәрбиясын буннан былай да жетилистириў бойынша әҳмийетли мәселелерди айтып өтти. Инвестиция мәселесинде университет инфраструктурасын модернизациялаў, заманагөй лабораториялар шөлкемлестириў ҳәм халықаралық грантларды тартыў бағдарындағы режелерге итибар қаратылды. Сондай-ақ, сырт ел жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиўди күшейтиў, биргеликтеги бағдарламаларды жолға қойыў арқалы билимлендириў экспортын арттырыў перспективалары ҳаққында да сөз етилди.

Соның менен бирге, дуал тәлим системасын енгизиў бойынша айрықша атап өтилди. Жаслар тәлим-тәрбиясына байланыслы мәселелерде студентлерди миллий қәдириятларға садықлық руўхында тәрбиялаўға, оларды жетик қәниге сыпатында оқытыўға айрықша итибар қаратылды. Олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, спорт ҳәм мәдений илажларға тартыў, социаллық жойбарларда қатнасыўын хошаметлеў илажлары белгиленди.

Бул мәжилис университеттиң халықаралық майдандағы абырайын және де арттырыў, келешекте әмелге асырылатуғын анық стратегияларды белгилеп алыўда үлкен әҳмийетке ийе болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги