Халықаралық грантларды тартыў мәселелери додаланды

147

Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасын комплексли раўажландырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы әҳмийетли пәрманы қабыл етилген еди. Усы тапсырма менен шөлкемлестирилген Сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын (грантларды) тартыў ҳәм донорлар менен ислесиў бөлими тәрепинен орынларда грантларды тартыў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў мәселелери бойынша семинарлар шөлкемлестирилмекте. Гезектеги семинар Тахтакөпир районында өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов, район ҳәкими Ж.Адилов қатнасты. Семинарда сырт мәмлекетлер, халықаралық шөлкемлер ҳәм фондлар менен байланысларды орнатыў, грант қаржыларын алыў жоллары, зәрүр ҳүжжетлерди талап дәрежесинде таярлаў бойынша кең түрде түсиник берилди.

Сондай-ақ, қатнасыўшы районлық мәкемелердиӊ жуўапкерлери ҳәм мәҳәлле жетиликлерине грант қаржыларын халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў жолында пайдаланыўдың әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги