Германияда сайлаў нәтийжеси жәрияланды

Германияда парламент сайлаўы болып өтти. Барлық 299 сайлаў округиндеги даўыслар есаплап шығылғаннан соң, Христиан-демократиялық ҳәм Христиан-социал аўқам (ХДА/ХСИ)бирлеспеси 26,8 процент даўыс пенен жетекшилик еткени мәлим болды. «Германия ушын альтернативлик» оң қанат ўәкиллери 20,8 процент көрсеткиш пенен екинши орынды ийелеген.
Канцлер Олаф Шольц басшылығындағы социал-демократлар партиясы 16,4 процент даўыс топлап үшинши болды. «Жасыллар» 11,6, «Соллар» 8,8 процент даўыс топлаған.
ӨзА