«Басшы ҳәм жаслар» ушырасыўы өткерилди

120

Бүгинги күнде мәмлекетимизде жасларға көплеген имканият ҳәм жеңилликлер жаратылған болып, жасларымыз ҳәрбир тараўда қоллап-қуўатланбақта.

Бердақ атындағы ҚМУ Социология қәнигелиги студентлери Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасында әмелиятта болмақта.

Бул әмелият студентлерге социаллық қорғаў системасының ислеў механизмлерин терең үйрениў, агентлик жумысы менен жақыннан танысыў ҳәм әмелий тәжирийбе арттырыў имканиятын береди. Әмелият даўамында студентлер социаллық қорғаў бағдарламалары, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў механизмлери ҳәм мәмлекет тәрепинен әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында толық мағлыўматқа ийе болып бармақта.

Студент жаслардың ҳәр бири мәҳәллелерде жумыс алып барып атырған социаллық хызметкерлерге бириктирилген болып, ол жерде мәҳәлле дәрежесинде көрсетилетуғын социаллық хызметлер менен танысып тәжирийбе алмақта.

Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәжилислер залында басқарма баслығы С.Данияров әмелиятшы студентлер менен ушырасып, олардың пикир усынысларын тыңлады.

Ашық сәўбетлесиў тәризинде өткерилген ушырасыўда дәслеп С.Данияров әмелиятшы студентлерге өз өмир жолын, сол дәўирдеги машқалалар, бүгинги күнде жаслар ушын жаратылып атырған имканиятлар, олардан өз ўақтында дурыс пайдаланыў кереклиги ҳаққында айтып өтти.

Соң әмелиятшы студентлер әмелият процесслери ҳаққында айтып, мәҳәллелерде социаллық жәрдемлер бойынша үгит-нәсият жумысларын алып барыў, «Инсан волонтёрлар» топарын дүзиў сыяқлы усынысларын билдирди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги