Тазғарада медициналық хызмет көрсетиў сапасы жақсыланбақта

Инсан қәдири ең жоқары қәдирият есапланған елимизде барлық тараўлар сыяқлы медицина тараўын раўажландырыў ҳәм оны қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып келинбекте. Әсиресе, соның ишинде, аўыллық жерлерде жасаўшы аймақ халқына медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў бойынша исленип атырған жумыслар мақтаўға ылайық.
Шымбай районындағы Тазғара елаты район орайынан 11 км узақлықта жайласқан аўыллардың бири болып, аймақта бүгинги күнде бес мыңнан аслам халық тыныш-татыў турмыс кеширмекте. Жыйын аймағындағы аўыллардың шашаў жайласқанлығы ҳәм аўыллық шаңарақлық поликлиника имаратының ҳәр тәреплеме тозғанлығы медицина тараўы хызметкерлерине әдеўир қыйыншылық туўдырып киятырған еди.
– Шымбай районлық медицина бирлеспесине қараслы 52-санлы шаңарақлық поликлиника имараты 2004-жылы қурылған болып, бүгинги күнге келип әдеўир тозған еди,-дейди поликлиника меңгериўшиси, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў тараўы ағласы Жумагүл Пирлепесова.- Поликлиникамыздың усындай аўыр жағдайда қалғанлығын инабатқа алып, өткен жылы поликлиникамызды оңлаў ҳәм материаллық-техникалық жақтан тәмийинлеў ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары тийкарында, 1 млрд 200 млн сумлық қаржы ажыратылды ҳәм усы тийкарда қурылыс-оңлаў жумыслары жүргизилди. Бүгинги күни поликлинкамыз заманагөй түрге енип, аўыл халқына сапалы хызмет көрсетилип келинбекте.

-Бул жерде 3 жылдан берли улыўма әмелият шыпакери болып жумыс ислеп атырман,-дейди Гүлайым Қурбаниязова.- Поликлиникамызға жүргизилген оңлаў жумысларының нәтийжесинде, медицина хызметкерлери ҳәм аймақ халқына қолайлы шараятлар жаратылып берилди. Бурын узи, экг аппаратларына түсиў ушын турғынлар район орайына барыўға мәжбүр болатуғын еди. Капитал оңлаў жумысларынан соң республикамыз ҳүкимети тәрепинен бизлерге усындай заманагөй үскенелер алып берилди. Ҳәзир бул имканиятлардан нәтийжели пайдаланып атырмыз. Буның ушын елимиз басшыларына үлкен рахмет айтамыз.
Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта поликлиникада күндизги емлеў бөлими де халыққа хызмет көрсетпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы
М.Ҳәбибуллаевтың түсирген сүўретлери