Ыссыханада 1000 дана лимон нәллери

205

2024-жылдың 28-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында мийўе-палыз өнимлерин жетистириў, қайта ислеў ҳәм экспортын көбейтиўге байланыслы илажларға бағышланып өткерилген видеоселектор мәжилисинде, мәҳәллелерде лимоншылық тараўын раўажландырыў бойынша бир қатар тапсырмалар берилген еди.

Бул бағдардағы жумыслар орынларда нәтийжели алып барылмақта.

Ҳәзирги ўақытта Елликқала районындағы Пахташы МПЖ аймағында жасаўшы Анвар Рўзимбетовтың қыйтақ жериндеги 5 сотихли ыссыханада 1000 дана лимон нәллери тәрбияланбақта.

Ыссыхананың жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде қыяр нәллери арнаўлы қутыларға егилген. Бундай жумыслар өз гезегинде жерден нәтийжели пайдаланыў арқалы қосымша дәрамат алыў имканиятын жаратады.

Бүгинги күнде Агросанаатты раўажландырыў агентлигиниң қәнигелери тәрепинен лимон нәллерин егиўди жолға қойған қыйтақ жер ийелерине райондағы бар  нәллер менен әмелий жәрдемлер берилип келинбекте. Ыссыханадағы жумысларды үйрениў даўамында ыссыхана ийеси А.Рўзимбетов ыссыхананы ҳәм лимоншылық тараўын кеңейтиў режеси бар екенлигин билдирип, қосымша жер майданы бойынша Агентлик қәнигелери тәрепинен бос турған жер майданлары усыныс етилди.

Бундай басламалар лимон жетистириўди раўажландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бағдарындағы әҳмийетли қәдем болып хызмет етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги