Қан зәрүр инсанларға қалыс жәрдем

“Юксалиш” ҳәрекети усы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, аймақлық қан қуйыў орайлары менен биргеликте 2025-жылдың 18-25-февраль күнлери “Биз донормыз” қан тапсырыў акциясын өткериўи режелестирилген.
Усы акция 20-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы қан қуйыў орайында өткерилди.
Оған жоқары оқыў орны оқытыўшылары ҳәм студентлери, Миллий гвардия хызметкерлери, жаслар ҳəм белсенди пуқаралар кеўилли түрде қатнасты.
Мақсет – қурамалы операциялардан кейин, аўыр жарақат алған ямаса онкологиялық кеселликке шатылған ҳəм қан қуйыўға жүдə мүтəж болған наўқасларды қоллап-қуўатлаў болып табылады.
Соның менен бирге, акция жəмийетте өз-ара жəрдем мəдениятын қəлиплестириў, бул процесстиң əҳмийетин кеңнен түсиндириў, сондай-ақ, донор қаны жетиспеўшилиги машқаласына жəмийетшиликтиң итибарын қаратыў.

Бундай илажларды үзликсиз түрде өткериў емлеўханалар ҳəм медицина орайларында қанның жеткиликли дəрежеде тəмийинлениўине жəрдем береди, бул əсиресе, айрықша жағдайлар ҳəм режелестирилген операциялар ушын зəрүр болып табылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги