АҚШ Түркияға қырыўшы самолёт бериўи мүмкин
72

Бир неше жыл бурын АҚШ Конгресси Анкара Россиядан С-400 системасы сатып алғаны себепли Түркияға F-35 қырыўшы самолётларын жеткерип бериўди тоқтатқан еди. Енди бул мәселе қайта көрип шығылыўы мүмкин. Бул мағлыўматты Turkiye” газетасы Америка парламенти изертлеў хызметиниң есабатына сүйенип жазбақта.
Жақында АҚШ Конгресси изертлеў хызмети F-35 бойынша жаңа есабат таярлады, – делинеди басылым тарқатқан хабарда. – Бул ҳүжжетте Түркия бағдарламаның Уллы Британия ҳәм Канада сыяқлы тийкарғы сегиз шериктен бири екени атап өтилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги