Қәнигелер Каспий теңизиниң қызарған суўын тексерди

79

Каспий қызыл реңге кириўи мүнәсибети менен Қазақстан Республикасы Манғыстаў ўәлаяты басқармасы қәнигелири тәрепинен теңиз суўында химиялық затлар  ямаса нефть өнимлери бар ямаса жоқ екени бойынша тексериў өткерилди.

«Казинформ» агентлигине қарағанда, суўдың қурамында ҳеш қандай патасландырыўшы затлар анықланбаған.

Басқарма баслығы Қайсар Надырбектиң айтыўынша, теңиз оты суўға тоқ қоңыр, қызыл рең береди.

– Қар жаўғанлығы себепли жағдай және де айқын көринди, – дейди қәнигелер. – Теңиз отлары сайыз суўда, әсиресе, бизиң жағалықларда көп өседи. Бул өсимлик көп топланған жерде суўдың реңи бозарып көринеди. Әлбетте, бул тәбият ҳәдийсеси ҳаққында билиўимизге қарамастан, суўдың жағдайын тексериўге мәжбүрмиз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги